Мәмлекет басшысы еки күнлик сапар даўамында Қарақалпақстандағы санаат, аўыл хожалығы, билимлендириў, медицина, транспорт, туризм ҳәм спорт тараўларындағы жойбарлар менен танысады. Сондай-ақ, халықтың бәнтлиги ҳәм мәҳәллелерди абаданластырыў жумыслары көрип шығылады. Жаңа жойбарларды иске түсириў ҳәм қурылысына старт бериў режелестирилген.


















